logo

?Кегейлиде 15 жасқа 49 884 219 сўм муғдарында контракт төлеми төлеп берилди

Хабарыңыз бар, бүгинги күнде жоқары билимлендириў системасында жаслар ушын қолайлықлар, кең имканиятлар көлеми күн сайын артпақта.
Атап айтқанда, жоқары оқыў орынларында қосымша квоталардың арттырылыўы, контракт шәртнамасы тийкарында оқып атырған жасларға тәлим кредитлериниң ажыратылыўы, стипендиялардың контракт төлемлери есабына қайтарылыўы сыяқлы жеңилликлер жаслар ушын кең имканиялар жаратпақта. Сондай-ақ, барлық аймақларда «Жаслар дәптери» фонды есабынан контракт төлемлериниң төлеп берилиўи тараўдағы әмелий реформалардың айқын дәлийли.

Кегейли районында «Жаслар дәптери» фонды есабынан 15 жасқа 49 884 219 сўм муғдарында контракт төлеми төлеп берилди.

Бугинги кунге шекем, районда жәми 17 жасқа 56 266 965 сўм муғдарындағы төлемлер төлеп берилген болып, , контракт шәртнамасы тийкарында тәлим алып атырған жасларды шексиз қуўандырды.


Дерек: ✍️ @abatdaniyarov

Соңғы жаңалықлар