Шоманай районы пуқараларының транспорт бойынша жоллаған мүрәжаты бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Үйрениў даўамында автобус қатнаўы тоқтап қалғанлығы, буның себеби жолаўшылар ағымының аз болыўына байланыслы транспорт сарплаған қәрежетин қапламағанлығы анықланған. Халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде Транспорт министрлигине қараслы "Автотранс Шымбай" мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен еки автобус Нөкис-Шоманай-Нөкис жөнелиси бойынша жолға қойылды.
Және де жолаўшылар ағымы көбейген жағдайда автобуслардың санын көбейтиў имканият бар екенлиги ҳәм усы жөнелис бойынша микроавтобусларды жолға қойыў режелестирилип атырғаны сөз етиледи хабарда.
Автобус 4 Р-177 Қанлыкөл т.ж. бәндиргиси -Шоманай-Қарабайлы т.ж. бәндиргиси автомобил жолы ҳәм халық аралық А-380 жолы арқалы ҳарекет етеди.
Қарақалпақ автожол
