logo

Гүзде аўырмаў ушын не жеў керек?

Қытайлы шыпакерлер гүзги аязлаўдан сақланыўына жәрдем беретуғын пал, балық, чай ҳәм мийўелердиң пайдалы қәсийетлерин мәлим етти. Бул ҳаққында Sina редакциясына сүйенип «Московский комсомолец» хабар бермекте.

Қәнигелердиң сөзлерине бола, азанда пал қосылған бир стакан суў тонусты сақлаўға жәрдем береди, өкпеге ғалландырыўшы тәсир көрсетеди, жөтелди жеңиллестиреди, терини азықландырады ҳәм токсинлерди организмнен шығарып жибереди.

Балық холестерин муғдарын азайтыўға, организмдеги суйықлық жетиспеўшилигин толтырыўға, талақ ҳәм асқазанның ислеўин тәртипке салыўға чай жәрдем береди.

Сондай-ақ, шыпакерлердиң пикирине бола, гүзде көбирек алмурт пенен алма жеў керек. Олар қақырықтан қутқарады ҳәм организмди витаминлерге тойындырады. Мийўе, әсиресе, жүрек-қан тамыр кеселликлеринен қыйналып атырған наўқаслар ушын жүдә пайдалы.


Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар