logo

⚡️Буннан былай 3-курс студентлери де мектеплерде сабақ бериўи мүмкин

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 15-октябрьдеги «Билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплерге тәжирийбели оқытыўшы-педагогларды алыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, педагогика бағдарларында күндизги, кешки, сыртқы бөлимлериниң 3-курсында оқып атырған студентлерге мектеплерде сабақ бериў ҳуқықы берилди.

Бул ҳаққында Билимлендириў инспекциясы хабар берди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, алдынғы тәртип бойынша студентлер тек ғана 4-курстан баслап мектеплерде сабақ бериўи мүмкин еди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.

Соңғы жаңалықлар