Мусылманлар қазыяты уламалар кеңесиниң 19-октябрь күнги кеңейтилген жыйналысында Нуриддин Холиқназаров Өзбекстан муфтийи етип сайланды. Бул ҳаққында қазыяттың мәлимлеме хызмети хабар берди.Хабарда жазылыўынша, жыйналыста шөлкемлестирилген мәселе көрилген. Ташкент қаласының бас имам-хатиби болып ислеп киятырған Нуриддин устаз Холиқназаров Өзбекстан мусылманлары қазыятының баслығы, муфтий лаўазымына сайланған.
Нуриддин устаз Холиқназаров 1968-жылы Әндижан ўәлаятының Асака қаласында туўылған. 1992-жылы Бухара ўәлаятындағы Мир Араб медресесин, 1998-жылы Имам Бухарий атындағы Ташкент ислам институтын, 2007-жылы болса Ферғана мәмлекетлик университетин тамамлаған.
Дерек: makan.uz
