logo

Ташкент – Қоңырат жөнелисинде қосымша поезд қатнаўы жолға қойылды

Жолаўшылардың талапларын есапқа алып, оларға және де көбирек транспорт хызметлерин көрсетиў мақсетинде 2021-жыл 22, 26, 29-октябрь күнлери «Ташкент – Қоңырат» жөнелисинде 484-санлы қосымша жолаўшы поезд қатнаўы жолға қойылады.

Бул ҳаққында «Өзтемиржолжолаўшы» АЖ мәлим етти.

Ташкент орайлық темир жол вокзалынан усы күнлери саат 23:20 да ҳәрекетленетуғын бул жолаўшы поезды тек ғана Самарқанд, Бухара қалаларында тоқтап өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар