logo

Алимент төлеўден бас тартып жүрген қарыздарларға 15 сутка қамақ жазасы берилди

Мәжбүрий орынлаў бюросы Шоманай районы бөлими ис жүритиўиндеги пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судының 21.12.2017 ҳәм 02.11.2020-жылғы орынлаў хатларына тийкар қарыздар Г.Г. ден өндириўши Н.С. пайдасына тәрбиясындағы бир перзентиниң тәминаты ушын ¼ муғдарда, ал қарыздар М.А. ден өндириўши Д.М пайдасына тәрбиясындағы уш перзентиниң тәмийнаты ушын ½ муғдарда алимент өндирилиўи белгиленген.

Бул орынлаў ҳүжжетлери район бөлим ис жүритиўине келип түскен күннен орынлаў иси қозғатылып, қарыздарлар таныстырылып ҳәм де қайта-қайта ескертиў берилгенлигине қарамастан, усы жылдың октябрь айына шекем қарыздар әкелер тәрепинен бирде-бир сум алимент пулы төленбеген.

Ақыбетте, октябрь айына алимент қарыздарлығы Г.Г. 15 млн. сумға, ал қарыздар М.А. болса 7,4 млн. сумнан асып кеткен. Усы себепли Бюроның район бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси 474-статьясы
1-бөлими менен баяннама дүзилген ҳалда топланған ис ҳүжетлер район судына өткерилген. Нәтийжеде жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды тәрепинен қарыздар М.А. ҳәм Г.Г. ларга 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылыўы тәмийинленди.

Соңғы жаңалықлар