Мәжбүрий ижра бюросының Мойнақ районы бөлими ис жүритиўинде Қоңырат районлар ара экономикалық судының усы жылдың 17-май күнги ижра ҳүжжетине тийкар, өндириўши «ERSULTAN NUKUS CITY» ЖШЖ пайдасына қарыздар Мойнақ районы абаданластырыў басқармасынан жәми 269 млн. 887,1 мың сўм қарыздардық өндириў ҳаққында ижра иси бар болған.Мәжбүрий ижра ҳәрекетлери даўамында, қарыздар кәрхана тийисли тәртипте таныстырылып, ықтыярый мүддет ишинде ижра ҳүжжетин орынлаў ушын 15 күнлик мүддет берилген.
Бирақ, усы мүддет аралығында талаплар орынланбағаны себепли, мәжбүрий ижра ҳәрекетлерине кирисилип қарыздардың бәрше есап бетлерине қадағалаў ҳәм инкасса тапсырманамалары қойылды.
Сондай-ақ, қарыздарға тийисли болған трактор ҳәм «ISUZU» автобус транспортлары хатлаўға алынды.
Алып барылған ижра ҳәрекетлери нәтийжесинде, 19-октябрь күни өндириўши жәмийет пайдасынп 269 млн. 867,5 мың сўм қарыз ҳәм почта ғәрежетлери өндиридип, есап бетлеринн өткерип берилди. Сол себепли, ижра ҳүжжети Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа орган ҳүжжетлерин ижра етиў ҳаққында»ғы Нызамның 41-статьясы 1-бөлимине тийкар әмелде ижра етилип жуўмақланды.
