Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң берген мағлыўматына бола, 2021-жыл 25-октябрь саат 11:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслардың саны 83 адамды қурайды.Соннан:
22 пуқара – Арқа-батыс әскерий горнизоны аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медицина комплексинде;
Соннан: 11 наўқастың аўҳалы аўыр, 2 наўқас жүдә аўыр аўҳалда, 8 наўқастың аўҳалы орташа, 1 наўқастың аўҳалы жеңил (қанаатландырарлы).
Наўқаслар дәри-дәрмақ ҳәм 5 мезгил аўқат пенен тәмийинленген.
61 пуқара – коронавирустың жеңил симптомлары менен үй шараятында аймақлық поликлиникалар қадағалаўы астында емленбекте.
Бүгинги күнге шекем 16 698 наўқас тәўир болған.
Эпидемиологиялық бақлаў жумыслары даўам етпекте.
Дерек: Makan.uz
