logo

Өзбекстанда өндириўшилер тәрепинен сатылатуғын газге аксиз салығы бийкар етиледи

25-октябр күни “Халық ҳәм економика тармақларын тәбий ҳәм суйылтырылған газ бенен турақлы тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабылланды, 

Оған көре, 2021-жыл 1-октябрден юридикалық шахслар тәрепинен Өзбекстанға импорт етилген тәбий газды реализатсия қылыўда аксиз салығының 0% ставкасы белгиленди.

2022-жыл 1-январдан өндириўши кәрханалар тәрепинен сатылатуғын суйылтыыилған газге аксиз салығы салынбайды. Исбилерменлерге тәбий ҳәм суйылтырылған газды Өзбекстанға импорт қылыўда ҚҚСни 120 күнге шекем мүддетке процентлер есапланбаған хәмде оның толық төлениўи талап етилмеген ҳалда, (бөлип -бөлип ) төлеў ҳуқықы бериледи.

Мағлыўмат ушын, өндириўши кәрханалар тәрепинен сатылатуғын суйылтырылған газ ушын аксиз салығы ставкасы 30 % еди

Дерек: daryo.uz

Соңғы жаңалықлар