Мәмлекетимизде коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў процесслери жеделлик пенен алып барылмақта. Халықты басқышпа-басқыш коронавирусқа қарсы ғалаба түрде шаншыў әне сондай илажлардан бири болып есапланады.Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласы бойынша барлық шаңарақлық поликлиникаларда «ZF-UZ-VAC2001» Өзбекстан-Қытай вакцинасы, «AstraZenеca» Ҳиндстан вакцинасы, «Pfizer» АҚШ вакцинасы ҳәм «Sinovac» Туркия вакцинасы (6 ҳәм 9-санлы шаңарақлық поликлиникадан тысқары) менен шаншыў даўам етпекте.Сондай-ақ,
«Спутник-V» Россия вакцинасы менен – 1 ҳәм 3-санлы шаңарақлық поликлиникаларда;
«Moderna» АҚШ вакцинасы менен – 4 ҳәм 8-санлы шаңарақлық поликлиникаларда өзиңизди коронавирус инфекциясына қарсы шаныштырыўыңыз мүмкин.
Еслетип өтемиз, «Спутник-V» ҳәм «Moderna» вакцинасын қабыл етиўди қәлеўши Нөкис қаласы пуқаралары өзлериниң турақлы жасаў орнына қарамастан жоқарыдағы поликлиникаларға барып хабарласса болады.
