logo

Берунийдеги Өнерментшилер көшеси асфальтланды

​​​​
Беруний районында бир қатар аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жайласқан ишки хожалық жоллары «Аўыр аймақ» дизимине киргизилген болып, жолларда Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен басқышпа-басқыш оӊлаў жумыслары алып барылмақта. 

Жақында Ибн Сина мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Өнерментшилер көшесине күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде асфальт төселди. Қум-шанғытлы көшениӊ асфальтланғаны аймақ турғынлары ушын үлкен жаӊалық болды десек алжаспаған боламыз. Енди пуқаралар жаӊа тегис жолдан өз мәнзиллерине барады. 

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын Комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкар аўыр аймақлардыӊ мәнзилли дизими ислеп шығылған еди.

Сондай-ақ, Берунийдеги аўыр аймақ көшелери оӊланып атырғаны ҳаққында жақында хабар берген едик.

Қарақалпақ авто

Соңғы жаңалықлар