Сеулда Қубла Корея Интерпол хызметкерлери халық аралық қыдырыўда болған Өзбекстан пуқарасын шегараны кесип өтиў ўақтында қолға алды. Қолға алынған Ю.У Жынаят кодексиниң 168-статясына тийкарынан, үлкен муғдардағы жалатайлық жынаятын ислегени ушын республика ҳуқықты қорғаў шөлкемлери тәрепинен Интерпол каналлары арқалы қыдырыўға берилген еди.
Мәлим болыўыша, Ю.Й Корея аймағында бола турып, Өзбекстан фирмалары биреўиниң ўәкили болған Өзбекстан пуқарасы Ю.У дың исенимине кирип, Қубла Кореяда ислеў ушын адам таўып бериўин усыныс еткен.
Пуқара Ю. И. шет мәмлекетте ислеўди қәлеўшилерди таўып, олар банклер арқалы пуқара Ю.У. дың есап бетине 507, 7 млн сўм (54, 6 мың АҚШ доллары ) өткерип жиберген. Орнына ол Қубла Кореяда ислеў ушын мирәтнама жөнетип турған, соннан кейин белгисиз орында жасырынып жүрген. Ҳәзирде оны Өзбекстанға екстрадитсия қылыў илажлары көрилмеқте.
