logo

Өзбекстанға сентябрь айында жәми 1,3 млн долларға 57 электромобил импорт етилди

Өзбекстанға 2021-жылдың сентябрь айында шет елден 57 электромобил импорт етилген.

Бул ҳаққында Мәмлекет статистика комитети мәлим етти. Оған көре, Өзбекстан сентябрь айындағы электромобиллер сатып алыў ушын 1,3 миллион АҚШ доллары сарыплаған. Бул болса 2021-жылдың август айына салыстырғанда 12 данаға кем.

Мағлыўмат ушын, Ферғанада Қытай компаниясы менен биргеликте электромобиллар ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилмекте. Оған көре, жылына 10 мың дана автомобил ислеп шығарыў қуўатына ийе жойбардың улыўма баҳасы 55 миллион долларға баҳаланып атыр. Соннан 43 миллион долларды туўрыдан-туўры шет ел инвеститсиялар қурайды.

Жойбар Қитайдың "Hong Kong ZRSC Technology" компаниясы менен шерикликте әмелге асырилады. Жойбарға көре, електромобиллерди ислеп шығарыў 2022-жылдың декабринен жолға қөйылады. Заводта 100 пуқара ушын жумыс орны жаратылады. Еслетип өтемиз, Өзбекстанда электромобиллер импорты 2020-жылға салыстырғанда дерлик жети есе көбейген.

Соңғы жаңалықлар