Өзбекстан электр тармақларында 2023-жылда биринши жоқары кернеўли цифрлы подстанция иске түсириледи, деп хабар бермекте Энергетика министрлиги баспасөз хызмети.Жазылыўына қарағанда, 220 кВ кернеўли санлы подстацсия Жиззақ ўәлаятының Зафаробод районында қурылады. Қурылыс жумыслары менен «тайын жағдайда тапсырыў» шәрти тийкарында Китайдың "Shanghai Electric Group Co Ltd" компаниясы өз мойнына алады. Бул компания Азия раўажланыў банки талапларына көре өткерилген халықаралық тендер саўдаларында жеңимпаз болған. Консалтинг компания ретинде Германияның "GOPA — International Energy Consultants GmbH" компаниясы искерлик жүргизеди.
Бул жойбар Өзбекстан Президентиниң 2020-жыл 28- апрелдеги «Санлы економика ҳәм электрон ҳүкиметти кең енгизиў илажлары хаққында»ғы қарарына ҳәм де 2020-жыл 28-декабрдеги «Өзбекстан Республикасының 2021-2023 жылларға мөлшерленген инвеститсия программасын әмелге асырыў илажлары хаққында»ғы қарарларына муўапық әмелге асырылымақта.
«Технологиялық процесслерди басқарыў толық жоқары дәрежеде автоматластырылған, ең заманагөй информация технологияларының басқарыў системалары ҳәм қураллары менен үскенеленетуғын санлы «Зафаробод» подстанциясы ўәлаят энергетика системасын 500 МВА қосымша қуўат пенен тәмийинлейди», — деди «Өзбекстан миллий электр тармақлары» басқарыўы баслығы орынбасары Феруз Қурбонов.
