logo

140 млн. сумлық нызамсыз товар анықланды

Товар-материаллық байлықлардың нызамсыз айланысына бажыхана шөлкемлери тәрепинен турақлы турде гүрес алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Даут-ата” шегара бажыхана постына кирип келген пуқара М. М. басқарыўындағы “МАN” маркалы жүк автотранспорт қуралы бажыхана қадағалаўынан өткерилди.

Нәтийжеде, автомашинада бажыхана жумысшысының аўызеки сораўында айтылмаған ҳәм тийисли ҳүжжетлери болмаған улыўма бахасы 140 млн. сумлық товарлар бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирде усы жағдай бойынша бажыхана шөлкемлери тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Соңғы жаңалықлар