Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлими ҳәм Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы районлық кеңеси бөлими менен биргеликте мектеп оқыўшы-жаслары арасында "Бийбиханым қызлары" таңлаўы өткерилди.
Таңлаў 25-28-октябрь күнлери аралығында болып өтти.
Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – оқыўшы-қызлардың руўхый дүньясын байытыў, ой-пикирин кеңейтиў, ана Ўатанға сүйиспеншилигин арттырыў, миллий мақтаныш, шүкиршилик сезимлерин қәлиплестириў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, ақыл-нәсият ҳәм даналық пикирлерди жаслардың қәлбине сиңдириў, соның менен бирге талантлы жасларды анықлаў болып есапланады.
Таңлаў 4 шәрттен ибарат болып, оқыўшылар өзлериниң қосықлары, аяқ ойынлары, сахналық көринислери ҳәм жетискенликлери менен сахнаға шықты.
Таңлаўда төрешилер қатнасыўшыларға қойылатуғын баҳаны олардың сахна кийими, атқарыў шеберлиги, тыңлаўшыларға жеткерип бериў дәрежеси, сахна мәдениятына қарап берип барды.
Таңлаў жуўмағында: 1-орынды райондағы 44-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы Амангелдиева Гулбану Бахтияр қызы;
2-орынды райондағы 14-санлы мектептин 9-класс оқыўшысы Адилханова Шолпанай Бахыт қызы;
3-орынды райондағы 32-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Даўлетбаева Айнура Эльбрус қызы ийеледи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
