Кегейлишилерге жаңа 5 бәндирги хызмет етеди
Кегейли РЖПУК тәрепинен улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында күнделикли оңлаў жумыслары алып барылып атыр. Буннан тысқары, автомобиль жолларын сақлаў, жол бөлими конструкцияларын жөнлеў ҳәм басқа да жумыслары жүргизилген болып, автомобильлер ҳәрекетлениўи ҳәм пуқараларға қолайлықлар жаратыў бойынша да айтарлықтай жумыслар орынланды.
Атап айтқанда, 4 Р-175 «Нөкис-Ақманғыт-Кегейли-Шымбай-Қазақдарья аўылы» автомобиль жолының 36-км, яғный Жаңабазар АПЖдан өтиўши бөлими, 4 Р-178 «Қумшунғил темир жол станциясы – Қазанкеткен аўылы» авто жолының 24-км Абат АПЖдан өтиўши бөлими, усы жолдың 28-км де, 29-км де, 30-км де ҳәмде 31-кмде жаңадан бәндиргилер қурып питкерилди.
Алыс аўыллардан шығыўшы жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде қурылған жаңа 5 бәндирги пуқаралардың айдын мәнзилиниң басланыў ноқатларының бири болары сөзсиз. «Жол салған, көпир қурған саўап» дегендей, бәндирги қурғанлардың да мийнети баҳалы.
Қаракалпақстан хабар агентлиги
