-Имканияты шекленген шахслар мәмлекет хызметлеринен пайдаланғанда 50 %шегирме бериледи.-Аймағында үйлер саны мыңнан аслам болған мәҳелле хызметкерлериниң ис ҳақылары 35% көбейтиледи.
-Шаңарақлық зорлық ислетиў жағдайлары бойынша хабар бериў системасы жолға қойылады
-Жеңиллетилген категориядағы шахсларға айырым медициналық хызметлерди мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде көрсетиў бюджет есабынан қаплап бериледи.
-Жетим балалар ҳәм ата-ана қараўынан айырылған балаларды қоллап-қуўатлаў фондлары шөлкемлестириледи.
-Мийнет миграциясында талап жоқары болған кәсиплер ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасы жаратылады.
-Мәмлекетлик медицина шөлкемлериниң басшылары «Healthcare Administration» бағдары бойынша оқытылады
-Халықаралық финанс институтларынан тартылған кредитлер 10 жылдан кем болмаған мүддетке қайта кредитленеди.
