Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-июльдағы ПҚ-5172-санлы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти гранты енгизилген.Усы қарарға көре мәмлекет ЖОО бакалавриатының күндизги тәлим бағдарына кириў имтиҳәнлары нәтийжелерине көре, билимлендириў тараўлары кесиминде, тәлим алыў тилине қарамастан, Республика бойынша ең жоқары балл топлаған 200 абитурент Президент грантына даўагер болады.
Бунда: Президент гранты ушын ажыратылған квотаның билимлендириў тараўлары бойынша бөлистириўи ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы тәлим мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекет комиссиясы тәрепинен тастыйықланады;
Арнаўлы билимлендириў тараўы ушын ажыратылған Президент гранты квотасы бойынша соңғы орындағы абитуриент ҳәм ол менен бирдей балл топлаған барлық пуқаралар Президент грантына даўагер болады.
Мәмлекет комиссиясының 7-санлы баянында 2021-2022-оқыў жылы ушын 25 билимлендириў тараўының ҳәр бирине 8 квотадан ажыратылған болып, айрым тараўларда 8 ҳәм оннан кейинги орынлардағы абитуриентлердиң топлаған баллары бирдей болғанлығы себепли жәми 257 абитуриент Президент грантына даўагер болды.
Билимлендириў тараўлары кесиминде Президент грантына даўагерлер саны ҳәм өтиў балларын жоқарыдағы суўретде танысыўыңыз мүмкин.
