Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы Зайниддин Нызомхўжаев Президентлик сайлаўлары процесси, ҒХҚ қатнасыўы ҳәм басқа мәселелер бойынша тоқталып өтти.“Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярланыў және оны миллий сайлаў нызамшылығымиз ҳәм де ғалаба тән алынған демократиялық принциплерге тән, жоқары шөлкемлестирилген дәрежеде өткериў жумысына өзиниң мүнәсип үлесин қосқан барлық округ ҳәм участка сайлаў комиссиялары ағзаларына, министрликлер, кеңселер, шөлкемлер, басқа киши ҳәмелдарларға, әсиресе, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Пандемия себепли жүзеге келген қурамалы жағдайға қарамастан, усы жылдың 24-октябрь айында дәслепки рет Сайлаў кодексине қарай, алтернативлик тийкарында, демократиялық руҳда, ашық-әшкара өткен Президент сайлаўында 16 миллионнан зыят яғый 80,4% сайлаўшының өз қәлеўи менен даўыс бергени - жәҳән тарийхындағы кем ушрайтуғын жағдай”,- дейди Низомхўжаев
