
«Цефтриаксон» антибиотиги себепли 11 жаслы қыз қайтыс болды.
Бул ўақыя усы жылдың 20-октябрь күни жүз берген. Онда айтылыўынша, созылмалы бронхит пенен турақлы емленип келетуғын 11 жаслы қыз «Цефтриаксон» антибиотигин қабыл еткен. Нәтийжеде, укол қылынғаннан кейин наўқастың қоллары, көзлери исип, кеўил айныўы басланған.
10 минуттың ишинде наўқас аймақлық емлеўханаға апарылады. Ол жерде наўқастың жүреги урыўдан тоқтайды. Бирақ та, шыпакерлердиң оператив ҳәрекетлери нәтийжесинде жүректиң урыўы қайта тикленеди.
Соған қарамастан, бул жағдай еки рет қайталанады ҳәм таңда наўқастың жүреги пүткиллей тоқтайды.
