Усы жылдың 29-октябрь күни социаллық тармақларда Нөкис қаласындағы «Қызкеткен» («Дослық») каналы бойындағы пиядалар жүриў орнынан ҳәрекетленип жүрген «Nexia» маркалы автотранспорттың видеосы жәрияланған еди.ҚР Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, усы автотранспорт қуралы басқарыўшысы Х.Т. ға пиядалар жүриў орнынан автомобильде ҳәрекетленгени ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128-статьясы менен ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги

