2020-жылда 31 спортшы қәлбеки ҳүжжетлер тийкарында жеңилликли түрде студент болған. Бул ҳаққында Бас прокуратура тәрепинен Туризм ҳәм спорт министрлигинде өткерилген жыйналыста хабар берилди.Мәлим болыўыша, Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары жойбарына кирген спорт түрлери бойынша миллий бириншиликлерди өткериў процеси электронластырылмағанлығы, видео, фотосуўретке алыў системасы жолға қойылмағанлығы ҳәм буннан тысқары жарыслардың барлық ҳүжжетлери қағаз формасында жүргизип келингени ақыбетинде усындай жағдай жүзеге келген.
Жазилыўына қарағанда, бир ғана 2020-жылда 31 спортшы жасалма ҳүжжетлер тийкарында жоқары тәлим мәкемелерине жеңилликли түрде қабыл етилгенлиги анықланған. Усының менен бирге, быйылғы жылда өткерилген байдарка ҳәм каноеде ескек есиў ҳәм де волейбол жарыслары нәтийжелери бойынша расында жеңимпазлықты қолға киритпеген 7 спортшыға жеңилликлер усыныс етилген. Жыйналыста усы жағдайлар майданынан тергеўге шекем тексериў өткерилгени айтылды.
Бас прокуратура тәрепинен өткерилген үйрениўде миллий чемпионатларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў процеси халық аралық стандарт ҳәм талапларға сай келмеўи анықланған. 2018-2021 жылларда өткерилген 698 миллий чемпионат бәсеки 269 яғый 38% дәслепки саралаў, яғный район-қала басқышларсыз өткерилген.
Усы жагдай ақыбетинде, узақ аймақлардағы инталы жаслардың усы жарысларға қосыў ҳәм жеңилликтен пайдаланыў ҳуқықы шекленген. Ямаса миллий чемпионатларды өткериўде барлық аймақлар бирдей қамтып алынбаған. Бул дәўирде өткерилген 698 чемпионатның 221 аймақлық жәмийтлердиң ярымы да қатнаса алмаған, атына ғана қатнасты делинген.
