Шавкат Мирзиёев “Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгетиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамға қол қойды.Атап айтқанда, ҳәкимшилик жуўапкершилик хаққындағы кодекске өзгертиў киргизилди.
Оған көре, информация технологияларынан пайдаланған ҳалда, сондай-ақ, интернетте пуқаралардың шахсқа тийисли мағлыўматларына өзгерис берилип атырғанда Өзбекстанда жайласқан техникалық қуралларда ҳәм де шахсқа тийисли мағлыўматлар базаларында шахсқа тийисли малғлыўматларды жыйнаўға, системаластырыўға ҳәм сақлаўға тийисли талапларға әмел етпеген пуқараларға БЕМның 7 есеси (1 миллион 890 мың сўм), лаўазымлы шахсларға болса 50 есеси (13 миллион 500 мың сўм) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Нызамға көре, кодексине киргизилген өзгертиўге көре, бул қылмыс ҳәкимшилик жаза қолланғанда бир жыл даўамында тәкирар жүз берген жағдайда төмендеги жаза илажларынан бири қолланылады:
БЕМның 150 есесине шекем (40 миллион 500 мың сўмға шекем) муғдарда жәрийма ;
3 жылға шекем арнаўлы ҳуққынан айырыў ;
2 жылға шекем көше тазалаў жумыслары.
Еслетип өтемиз, Өзбекстанда шахсқа тийисли мағлыўматларды нызамға қарсы тарқаткатыў ушын жынайы жуўапкершилик кушейтирилиў, Өзбекстан пуқараларының мағлыўматларын шет елде сақлайтуғын сайтлар жәриймаға тартылыўы ҳәмде Өзбекстан пуқараларының жеке мағлыўматларын мәмлекетте сақлаў мәжбурий болыўы ҳаққында хабар берилген еди.
