Россияның Санкт-Петербург қаласында Халықаралық излениўде болған 55 жаслы Өзбекстанлы ҳаял қолға алынды, деп хабар бермекте “78. ru”.Ол алдаўшылықта айыпланбақта. Анықланыўынша, ҳаял 2018-жыл август айында Өзбекстанда болған ўақтында танысына үйди рәсмийлестирип бериўди ўәде етип, оннан 13,5 мың доллар ақшасын алған. Бирақ ўәдесинде турмай, пулларды өзлестирип, өз мүтажликлери ушын сарыплап жиберген.
Жазылыўына қарағанда, ҳаял қамаўға алынған. Излеў басламашыларына оның қолға алынғаны ҳаққында хабар берилген.
