logo

Алматыда ер баллар мектепке юбкада келди

Алматыдағы танықлы Назарбаев интеллектуаллық мектебиниң (НИМ) ер баллары администрацияның кийимге болған мунасәбетине наразылық билдириў ушын юбкаларда сабаққа келди.

Мәлим болыўыша, 27 октябрь күни бул мектептиң 8-класс оқыўшысы өз жанына қас қылған. Буған себеп, бала Гарри Поттер китапларына арналған мектеп байрамына юбкада келген. Оған кириўге рухсат берилмеген ҳәм мектеп психологына жиберилген. Мектептеги класс басшысы  баланы юбкада келгени ушын гүзги байрамға киргизбеген.

Оқыўшының класласлары өз социал тармақларына 

"Класс басшымыз оны ҳәм ол тәрепинен болған мәжбурликтен сол мектеп психологына алып барды, “гүнакәрды” қоллап-қуўатлаўға ерлик еткени ушын бизге интызамийлық жаза қоллаў  менен қорқытты"

Деген мазмунында пост қалдырған. Мектеп оқыўшыларының пикирине қарағанда, олардың досты басымға шыдай алмай, өз жанына қас қылған.

Бул оқыўшының өз жанына қас қылғанын “КазТАГ” агентлигине Алматы ҳәм мектеп администрациясы тастыйықлаған. Политсия бул жағдай шеңберинде өз жанына қас қылыў статьясы бойынша тергеўге шекемги тексериў жумысларын баслады.

Жазылыўына қарағанда, 8-класс оқыўшысы ҳәзил жол мененде байрамға юбка кийип келген.

✍ KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар