logo

Наманганда қайын енесиниң кәрханасынан 40 млн сўмлық өнимлерди урлаўға урынған күйеў бала усланды

Наманган ўәлаятының Каттақорғон районында өз қайын енесиниң кәрханасына урлыққа түскен күйеў бала усланды. Бул ҳаққында ўәлаят ИИБ баспасөз хызмети хабар берди.

Мәлим болыўыша, кәрханада ислейтуғын 39 жаслы күйеў 25 жаслы басқа бир пуқара менен бир топар болып, 69 жаслы қайын анасының кәрханасынан баҳасы 40 миллион сумлық 4 мың дана тайын трикотаж өнимлерин келил, алып шығып кетип баратырған ўақтында услап алынған.

Бул жағдай бойынша Каттақорғон ИИБ жанындағы ТБ тәрепинен 18-октябрь күни Жынаят кодексиниң 169-статясы (урлық) 2-банти менен жынаят иси қозғатылған.

Еслетип өтемиз, Наманганда 18 жаслы қыз ағайнының үйиндеги сейфтен 1700 доллар, 2 миллион сўм ҳәм алтын жүзиклерин урлаған еди.

✍ KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар