logo

​Шайыр Т. Қабуловтың атына аўыл атамасы берилди

Қарақалпақстан Халық шайыры Толыбай Қабулов Қараөзек районындағы "А.Досназаров" АПЖ "Қарабуға" аўылында туўылып, кәмалға келген. Халық депутатлары районлық кеңеси депутатлары усынысы ҳәм Жоқарғы Кеңес президум қарары тийкарында шайырдың туўылып өскен аўылына "Толыбай Кабулов" атамасы берилген еди. Усы мүнәсебет пенен аўылға шайырдың аты менен жазылған ескерткиш белгиси қойылды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар