logo

Наманганда 71 жаслы пуқара ЖТХ ақыбетинде көз жумды

Наманган ўәлаяты Шуст районында 71 жаслы пуқара “Damas” дүгиа жибергеннен соң дуньядан көз жумды. Бул ҳаққында ўәлаят ИИББ баспасөз хызмети хабар бермекте

Мәлим болыўыша, 2021-жыл 25-октябрь күни саат 15:30 ларда, Шуст районы Кўктош мәҳәллесинде, Шуст районында жасаўшы, 1991 жылда туўылған пуқара “Damas” маркалы автомашинасын басқарып баратырғанда ҳәрекет қаўипсизлигин тәмийинлей алмай, жолды кесип өтип атырған пияда, Шуст районында жасаўшы, 1950 жылда туўылған пуқараны дүгип жиберген.

Нәтийжеде, пияда шеп қол тирсек сүйеги сыныўы, бас мый зыяны кеселликлери анықланыўы менен емлеўханаға жатқызылып , усы жылдың 26-октябрь күни көрсетилген медициналық емлеўлерге қарамастан дуньядан  өткен.

Бул жағдай бойынша Шуст район ИИБ жанындағы ТБ тәрепинен 2021-жыл 27- октябрь күни Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бәнди менен жынаят иси қозғатылған.

✍ KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар