logo

Ҳәптениң екинши ярымында ҳаўа райы кескин суўытады – Өзгидромет

1-ноябрь күни Өзбекстанның барлық аймақларында қурғақ, самалсыз ҳәм салыстырмалы жыллы ҳаўа райы бақланады. Күнниң ортасына келип, ҳаўа 15-17 градусқа шекем жылып, бундай ҳаўа райы ҳәптениң ортасына шекем даўам етеди, - деп хабар берди «Өзгидромет».

Пийшемби, 4-ноябрь күни Өзбекстан бойлап ҳаўа райы кескин өзгереди. Айырым жерлерге жаўын жаўыўы мүмкин.

Таўлы аймақларда жаўын ҳәм қар көринисиндеги жаўын-шашын болады. Қарақалпақстанда жаўын-шашын бақланбайды. Күндизги ўақытларда ҳаўаның температурасы 3-8 градусқа шекем төменлейди.

Айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

Жума, 5-ноябрь күни суўық антициклон Өзбекстанның барлық аймақларын қамтып алады. Жаўын-шашын тек ғана айырым таўлы аймақларда сақланып турады.

Ҳаўаның температурасы түнде 3-5 градус, Қарақалпақстан аймағында 7-10 градус суўыққа шекем төменлейди. Күндизги ўақытларда ҳаўа райы 3-8 градус жыллы болыўы күтиледи.

✍ KarOne.uz

Ислам Матеков,
Karinform.uz.

Соңғы жаңалықлар