Талан-тараж
Наркотикалық заттың анықланыўы
30.10.2021-ж. саат 12:00 де ҚР Бажыхана басқармасы, МҚХ ҳәм ИИМ хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив иләж даўамында “Ташент-Төрткул” жөнелиси бойынша автобуста киятырған, Төрткул районы турғыны М.М.ның қол сумкасы көзден кеширилгенинде целофан пакетке оралған “марихуана”ға усас наркотик заты ҳәмде 4 дана сары реңли скотч бенен оралған синтетик наркотик затка усас затлар табылған. Сорастырыў даўамында пуқара М.М.ның әкеси жоқарыдағы мәнзилде жасаўшы, мәўсимий исши, 1982-ж.т. М.У.бул затлардың өзине тийисли екенин затларды усы жылдың 28-октябрь күни Ташкент қаласында саўнада “Санат” деген танысынан алғанын, Төрткул районына киятырғанында қызының сумкасына салып қойғанын, қызының бул затлардан хабары жоқ екенин айтқан.
21.06.2021-ж. саат 13:00де Төрткул районы турғыны А.Р.ның басқарыўындағы “Матиз” маркалы автомашинасын, Төрткул районы “Қырыққыз” тойханасының жанында иркип тексергенинде автомашина ишинен 700 мың сум ақша ҳәм ишинде суйықлық болған желим спрей флаконы бар екени анықланған. Буннан басқа пуқара Р.А. усы күни саат 12:30да “С” исимли пуқараға 700 мың сумға трамадол дәрилерин сатқанлығы анықланған.
Төрткул районы МШБ ҳәмде оған қараслы 21 мектепке шекемги билимлендириў мекемелериниң лаўазымлы шахслары тәрепинен жәми 360 205, 4 мың сум бюджет қаржыларын талан-тараж еткен.
Төрткул районы турғыны Төрткул педагогика колледжинде муғаллим Р.К. ҳәм басқалардың арзасына тийкарланып өткерилген тергеўге шекемги тексериўлер нәтийжесинде Төрткул районы Педогогика колледжи лаўазымлы шахслары тәрепинен жәми 43.912.631 сум бюджет қаржыларын талан тараж еткен.
Шымбай районы турғыны Шымбай районы кәсип-өнер колледжи директоры, Т.Т. 2020-жылдың октябрь, ноябрь, декабарь айларында хызметкерлерге тийкарсыз ис ҳақы төлеп бериў нәтийжесинде жәми 19.952.229 сум бюджет қаржыларын талан-тараж еткен.
Жоқарыдағы барлық жағдайлар бойынша тийисли уйымлар тәрепинен ис қозғатылып, тергеў-сорастырыў жумыслары алып барылмақта
✍ KarOne.uz
Дерек: https://t.me/tinishliq_saqshisi
