Ата-аналар балалары пневмония, бронх-өкпе кеселликлериниң алдын алыўға итибар қаратыўлары керек. Оның ушын гигиеник нызам-қағыйдаларға әмел қылыў ҳәм буны перзентлерге де үйретиў, қолын сабынлап жуўыў ямаса антисептик қураллар менен үзликсиз түрде дезинфекция қылыў зәрүр. Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги балалар бас пульмонологы, медицина пәнлери докторы, профессор Фурқат Шамсиев айтып өтти.Айтыўына көре, төмендеги илажлар барлық бронх-өкпе кеселликлеринен қорғалыўы ушын үлкен жәрдем береди:
Атап айтқанда:
• жүзди қол менен усламаў;
• бөлмелерди турақлы түрде самаллатып турыў;
• балаларға жөтелгенде ямаса түшкиргенде аўыз ҳәм мурынды салфетка ямаса тирсек пенен жабыўды үйретиў;
• перзентлерге кесел болған балалар алдына жақын бармаўды уйретыў;
• қорғаныў нықапларынан пайдаланыўды үйретиў;
• перзентлер кесел болып қалса, бақша ямаса мектепке жибермеў керек.
Соның менен бирге, баланың туўры ҳәм ратсионал аўқатланыўы, созылмалы инфекция ошақларын сапластырыў ҳәм шынықтырыў ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын алыўға үлкен жәрдем береди.
Балаға қосымша Д витамининиң суўлы еритпеси (Аквадетрим), аскорбин кислотасы, иммунотсинк ҳәм селен элементлери, аз қанлықты емлеў мақсетинде темир препаратлары усыныс етилсе, дем алыў жоллары кеселликлерине қарсы гүресиў күшин асырыўға жәрдем береди.
