logo

Хабарландырыў: 4-5-ноябрьде ҳаўа райы кесин суўытыўы күтилмекте

4-5-ноябрьде Өзбекстан аймағына Қазақстан арқалы Урал аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳаўа массалары кирип келеди. Республика бойлап температура 10-13 градусқа төменлейди, деп хабарландырыў жәриялады «Өзгидромет».

4-5-ноябрь күнлери күндизги ўақытларда ҳаўаның температурасы 3-8 градус жыллы болады. 5-ноябрьде түнде басқа аймақларда 2-7 градус суўық, ал Қарақалпақстанда 5-10 градусқа шекем суўық болыўы күтиледи.

4-ноябрьде Өзбекстан бойлап айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

✍ KarOne.uz

Қаракалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар