logo

Жол белгилерин ким бузып кетип атыр?

Бүгинги күнде жол белгилерин сындырыў, урлап кетиў, қасттан жоқ етиў сондай-ақ, автомобиль жоллары бойларында жайласқан бәндиргилерди сындырып кетиў жағдайлары көплеп ушыраспақта. 

Тийкарынан жол белгилерин урлап кетиў жағдайлары улыўма пайдаланыўдағы жолларда, жол белгилери ҳәм бәндиргилерге зыян жеткериў көбирек халық жасаў пунктлеринде ушырасып атырған болып, айырым транспорт басқарыўшылары, көшеде биймезгил жүрген жаслар, мәс ҳалында көшеге шыққан жолаўшылар тәрепинен бундай унамсыз жағдайлар исленип атыр. 

Бир жол белгисиниң орташа баҳасы 400 мың сўмды қурайды. Бәндирги ҳәм жол белгилери бул ҳәммемиз ушын хызмет етеди. Оны өзиңиздей адамлар – жол тараўы хызметкерлери қысты суўық, жазды ыссы демей орнатады. 

Халқымызда «Пайдаңды тийгизалмасаң, зыяныңды да тийгизбе» деген гәп бар. Сондай екен, бундай бузғыншылық ислерден алдын «Буннан маған қандай пайда бар?»-деп ойланып көриң.


✍ KarOne.uz

Қарақалпақ Автожол

Соңғы жаңалықлар