logo

«Банк Апелсин»ге лицензия берилди

Орайлық банк тәрепинен «Банк Апелсин»ге акционерлик жәмийетке банк искерлигин әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензия берилди.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банк басқарыўы Ташкент қаласында «БАНК АПЕЛСИН» акционерлик жәмийетин дизимнен өткериў ҳәм оған банк искерлигин әмелге асырыў ушын лицензия бериў ҳаққында қарар қабыл еткен.

Оған көре, банк толық Капитал банк тәрепинен шөлкемлестириледи. Банк Басқарыў баслығы усы ўақытқа шекем Капитал банк Басқарыў Баслығы орынбасары — Апелсин цифрлы филиалы баслығы ўазыйпасында ислеп келген Сергей Абдулхаевич Гималаев болады.

Бул Өзбекстандағы бир банк тәрепинен толық шөлкемлестирилип атырған биринши банк есапланады.

✍ KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар