«AntiFake.uz»дың жазыўынша, кибер алдаўшылар пул урлаўдың ҳәр қыйлы жолларынан пайдаланбақта. Мәселен, пуқараларға қоңыраў етип өзин банк ямаса қандайда бир шөлкемниң хызметкери сыпатында таныстырады, пластик карта ҳаққында мағлыўматларды сорайды. Пластик карта ҳаққындағы мағлыўматларды билип, ондағы бар пулларды өзлестирип алады.Сондай-ақ, белгили саўда брендлери, интернеттеги излеў системаларының фейк сайтларының силтемесин келтирип, пластик карта номери мағлыўматларын киргизиўди көрсетип, пулларды өзлестириў жағдайлары да бақланған.
Пуқаралардан телефон номерине келген SMS-хабардағы тастыйықлаў коды, пластик карта ҳаққындағы мағлыўматларды алдаўшыларға бермеўин, сондай-ақ, төлеў системаларының фейк сайтларына киргизбеўин сорап, сергек болыўға шақырамыз.
✍ KarOne.uz
Қарақалпақстан хабар агентлиги
