logo

1-23 ноябрь аралығында кесте бойынша телеканаллар жумысы ўақытша тоқтайды

Усы жылдың 1-23 ноябрь күнлери телеканалларда профилактика жумыслары өткерилиўи себепли аймақлар бойлап гезекпе-гезек тек бир күн, тунги саат 01:00 ден 06:00 ге шекем Өзбекстан телеканалларының жумысы тоқтатылады. Бул ҳаққында Информация технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Баспасөз хызмети хабар берди.

Мағлыўматларға қарағанда, тоқталыўлар гүзетилген ўақытта абонент үскенеси (тюнер ҳәм телевизор ) сазламаларын өзгертиў усыныс етилмейди. Қайсы ўәлаятта қашан профилактика әмелге асырылыўын бул силтеме арқалы билип алыўыңыз мүмкин. “РРТМ” ДУКның цифрлы телебағдарламаларын қәлиплестириў аппаратларында, телерадио узатыўларында, антенна-фидер системаларында ҳәм жасалма жолдас қабыллаў-узатыў аппаратларында профилактика жумыслары усы жылдың 1-23 ноябрь күнлери өткериледи.

Нәўбеттеги режели профилактика жумыслары 1-23 ноябрь күнлери кесте тийкарында ҳәр бир аймақта гезекпе-гезек түнги саат 01:00 ден 06 :00 ге шекем профилактика жумыслары өткерилиўи режелестирилген.
Бул мүддет ишинде ҳәр бир аймақта (Ташкент қаласынан тысқары) тек бир күн түнги саат 01:00 ден 06 :00 ге шекем мәмлекет ҳәм мәмлекетлик емес телеканалларды эфирге узатылыўы ўақтынша тоқтатылыўы мүмкин.

✍ KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар