logo

Өзбекстанда болып өтетуғын U -23 Азия чемпионаты қатнасыўшыларының толық дизими белгили болды

Келеси жылдың 1-19-июнь күнлери Өзбекстан футбол бойынша гезектеги U -23 Азия чемпионатына басшылық етеди. Азия футбол конфедерациясының мағлыўматына бола, усы континенталлық ойынларда қатнасыў ушын гүресип, Ташкент «билет»ин қолға киргизген командалардың толық дизими мәлим болды.

Өзбекстан, Австралия, БАӘ, Вьетнам, Малайзия, Қубла Корея, Кувейт, Иордания, Ирак, Қатар, Таиланд, Түркменстан, Тәжикстан, Саудия Арабстаны, Япония ҳәм Иран мәмлекетлериниң сайланды командалары мәмлекетимизде өткерилетуғын чемпионата қатнасыў ҳуқықына ийе болды.

✍ KarOne.uz

Қаракалпақстан хабар агентлиги
Т.Рўзиев, ӨзА

Соңғы жаңалықлар