Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқыўшысы Уллы Британиядағы Бермингем Университетине оқыўға қабыл етилди. Бул ҳаққында Нөкис қаласындағы Президент мектеби телеграм каналы мәлим етти.«Биринши оқыўшымыз оқыў жылы басынан студентлик атына еристи. Нөкис қаласындағы Президент мектеби питкериўшиси Жавоҳир Тўраев Уллы Британиядағы Бермингем Университетине қабылланды» – делинеди хабарда.
Жавоҳирге сайтымыз атынан оқыўларында әўмет тилеймиз!
