Руўхый дүньямыздың бай болыўы, сана-сезимимиздиң өсиўи ҳәм әлемди таный алыўымыз әлбетте китап оқыўға байланыслы. Китап туўры жолға баслаўшы, ҳәмийше адамларды өмир ҳақыйқатына тик бағыўға шақыратуғын, билимлеримизди байытыўшы ғәзийне. Әне усындай әпиўайы ҳақыйқатларды жаслардың санасына сиңдириў мақсетинде Шоманай районында бир неше жыллардан берли «Билимданлар» интеллектуал ойынлары басқышпа-басқыш өткерилип келинбекте.Шоманай жаслары ушын шөлкемлестирилген бул ойынларды «Массагет» интеллектуал клубының тийкарын салыўшы, жаслардың әдиўли устазы нураный Нурхат Галиакберов Жаслар шөлкеми менен бирге өткерип келмекте.
Бул ойынлар ҳәр жылы тек район орайында өткерилип келинген болса, усы жылдан баслап шетки аймақларда секторлар кесиминде откерилиўи белгилеп алынды.
Усы жылдың 3-ноябрь сәнесинде Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, Жаслар аўқамы раёнлық Кеңеси, Халық билимлендириў бөлими ҳәм «Массагет» интеллектуал клубы менен биргеликте «Билимданлар» интеллектуал ойынларының секторлар кесиминдеги аймақлық басқышына старт берилдиАймақлық ойынлардың бириншиси 18-санлы мектепте өткерилип, бул ойынларға 2-сектор аймағындағы мектеп оқыўшылары, жас оқытыўшылар, мәкеме ҳам шөлкемлердеги жаслар ҳам жәмлеспеген жаслардан қуралган жәми 21 команда өз ара беллести ҳәм женимпаз деп табылған «Кетенлер», «Еверест», «Тумарис» ҳәм «Педагоглар» командалары районлық ўаинал басқышына жоллама алды.
