Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы район аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында оңлаў жумысларын жүргизиў бойынша нәтийжели жумыс алып барып атыр.
Жақында Кегейли районы Жүзимбағ АПЖ аймағындағынан өтиўши жергиликли әҳмийетке ийе 4 Н- 19 автомобиль жолына орнында араластырыў (смещение на месте) усылында асфальт төселди.
Кегейли РЖПУК тәрепинен исленип атырған ийгиликли ислер аўыл халқының мүшкилин жеңиллетиў, жолаўшылар ҳәм транспорт қураларының ҳәрекетин жақсылаў жолында әмелге асырылып атыр.
✍ KarOne.uz
Қарақалпақ Автожол
