logo

​Өзбекстанда гүзетилген шаң дүбелейи себеби хаққында хабар берди


“Узгидромед” соңғы ўақытларда Өзбекстанда көп кузетилиген қум ҳәм шаң дүбелейлери пайда болыўы себеплерин келтирди.

Мәлим болыўыша, шаңлы дүбелей - бул атмосфера ҳәдийсеси болып, жер жүзинен үлкен муғдардағы қум ҳәм шаңларды күшли самал тәсиринде ериўи болып табылады.

Өзбекстанда бундай процесслер көбинесе бәҳәрде ҳәм жаздың басында раўажланады.

Өзбекстан, соның менен бирге Орайлық Азияның барлық аймақлары ушын шаңлы дүбелей жүдә тез-тез ушырайтуғын ҳәдийсе болып табылады.

Көбинесе бундай ҳәдийселер қурғақшыл аймақларда — шөл ҳәм ярым шөл аймақларда жүз береди.

Ташкент қурғақшыл аймақ деп есапланбайды, бирақ соңғы жылларда Өзбекстанда ҳәм Ташкент қаласында тез пәт менен алып барылып атырған қурылыслар жүтә үлкен муғдардағы қум ҳәм шаңның пайда болыўына себеп болып атыр, олар ҳәтте күшсиз самал ескенде да ҳаўаға көтериледи.

Кушрабод (Самарқанд ўәлаяты ) метеостанциясда саат шама менен 15:18 ларда арқа-батыстан күшли самал басланып, 20 м/с қа шекем жеткен, соның әқыбетинде қумли дүбелей көтерилген ҳәм шама менен 16:20 ларда тынған, деп жазылады “Узгидромед” хабарында.

Ҳәзирги ўақытта Сирдәрья ўәлаяты Гүлистан районында басланған шаң дүбелейи Өзбекстанның көплеген аймақларында гүзетилип атыр.

✍ KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар