logo

Илимпазлар коронавирус пандемиясы биринши болып жеңип өтетуғын мәмлекетлер қайсы екенин жарялади

АҚШ, Уллы Британия, Португалия ҳәм Индия 2022-жылда коронавирус пандемиясынан шығып кетиўи мүмкин. Бул сыяқлы болжаўларды 3-ноябрь күни "Reuters" агентлиги бир қатар белгили экспертлер ортасында өткерилген сораўға тийкарланған ҳалда жәриялады, деп хабар береди “Korrespondent.net”.

Илимпазлардың сөзлерине көре, бул мәмлекетлер вацинацияның жоқары дәрежеси ҳәм коронавирусқа шалынған адамлар ортасында тәбийий иммунитеттиң мәлим бир комбинацияға ийе болады. Бул мәмлекетлерде ковиттеги бир мәўсимли кеселликке айланыўы мүмкин.

“Бүгинги күннен 2022-жыл ақырына шекем болған дәўирде бул вирус үстинен қадағалаўды қолға алыўымыз, салмақлы кеселлик ҳәм өлим жағдайын сезилерли дәрежеде төменлетиўимиз мүмкин болатуғын ўақыт келеди деп есаплаймыз”, — дейди ЖССТ бас эпидемиологы Мария Ван Керкхове.

Усының менен бирге, қәнигелердиң ескертиўинше, Covid-19 жане узақ жыллар планета халқының өлимин тийкарғы себебине айланып қалады. Илимпазлардың бир бөлегин пикрине қарағанда, коронавирус қызылша сыяқлы болып қалады: вацинация дәрежеси төмен болған халық группалары ортасында эпидемияларды келтирип шығарады. Басқа тәрептиң пикирине қарағанда, Covid-19 үлкен итимал менен грипп сыяқлы болып қалады.

“Айрымлар ақырзаман күни сенарийсы деп атап атырған итималды ҳеш ким толық есаптан тысқары етпей атыр, вирус оғада мутацияға ушрайды, қыйыншылық пенен ерисилген иммунитеттен шетлеп өте баслайды”, — дейди экспертлерден бири.

✍ KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар