logo

Нөкис районына робот макети не себеп қойылғаны айтылды

Нөкис районын инновацион аймаққа айландырыў мақсетинде халықаралық жойбарлар тийкарында улыўма муғдары 7,5 млрд. сумға 8 илимий-әмелий жойбарлар, 45,6 млрд. сумға 20 стартап ҳәм коммерцияластырыў жойбарлары таярланбақта. Бул ҳақкында Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлме хызмети блогерлер тәрепинен жәрияланған постқа рәсмий мүнәсибетте келтирип өткен.

Нөкис районы орайында инновация аймағы сыпатын белгини билдириўши «Инновацион аймақ», «Ассалам Ақмаңғыт – инновация аймағы» жазыўлары ҳәм көргизбе объекти (робот макети) район орайына кирер орынға тийисли тараўлардың келисими тийкарында жайластырылды, делинеди хабарда.

Aймақта жаңадан бизнес-акселератор ҳәм технопарк объектлерин қурыў режелестирилген болып, қурылыс жумыслары жуўмағы менен Нөкис районындағы тийисли мәкемелер, жәмийетшилик шөлкемлери, ғалаба хабар ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасында баспа сөз конференциясы өткериледи.

Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар