logo

Бажыхана: «Даўыт-ата» 517 млн сумлық нызамсыз өним анықланды

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты арқалы қоңсылас мәмлекеттен кирип келген пуқара М.М басқарыўындағы «МАН» маркалы автотранспорт бажыхана постында орнатылған инспексион көрик комплекси арқалы сканерленгенде, алынған рентген сүўретлери бажыхана хызметкерлеринде гуман туўдырғаны себепли бажыхана көриги тайынланды.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының мәлим етиўинше,  бажыхана хызметкерлериниң аўызша сораўында айтылмаған, ҳүжжетлерде көрсетилмеген, дәслепки мағлыўматқа көре, улыўма баҳасы 517 млн сўмға тең болған жәми 4 түрдеги 434 хожалық өнимлери бар екенлиги анықланды.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Соңғы жаңалықлар