Мәмлекетимизле демократик жаңаланыў процесслерин және де тереңлестириў ушын сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, пуқаралардан информация алыў ҳәм оны тарқатыў, оз пикир хәм қараўларын еркин билдириў хуқықты тәминлеў бойынша зәрүрли илажлар турмысқа енгизилип атыр.Әлбетте, бундай ашықлық ҳәм әшкаралалық шараятында ислеў, оз искерлигине салыстырғанда билдирилип атырған сын пикирлерди туўры қабыл қылыў алдынгыдай қәлипте жасап атырған айрым ҳәмелдарларға бул унамаўы да мүмкин. Бирақ буған қарамастан, биз бул жолды мәмлекет сиясатының ең зәрүрли бағдарларынан бири деп билемиз ҳәм оны избе-из даўам еттиремиз.
Сол мақсетте әмелдеги нызамшылықта мәмлекет шөлкемлери ҳәм шөлкемлериниң лаўазымлы шахслары тәрепинен ғалаба хабар қураллары искерлигине тосқынлық қылыў, цензура орнатыў, редакция хызметкерлерине басым ҳәм қысым өткериў, материаллар ҳәм техникалық куралларды олардан нызамсыз түрде алып қойыў ҳәрекетлери әмелге асырылғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў нәзерде тутылмақта.
Бир сөз бенен айтқанда, нызамлы түрде ис жүритип атырған бәрше журналист хәм блогерлер будан кейин де нызам ҳәм Президент қорғаўында болады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёев.
