Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шәраяты аўыр мәҳәллелерде социаллық-экономикалық, тутыныў ҳәм инфраструктура жағдайы менен байланыслы машқалаларды шешиў ис-илажлары ҳаққында» қарарына муўапық, Нөкис қаласындағы бир қатар мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында жайласқан ишки хожалық жолларында оңлаў жумыслары алып барылып атыр.Тақыятас жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Анасай МПЖ аймағындағы Ата мәкан көшесине жаңадан асфальт төселип атырған болып, 2 км.ге шамалас жол оңланыўы белгиленген ҳәм тез арада қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмақланыў алдында тур.
65-маршрут жолының жаңадан асфальтланғаны аймақ турғынлары, жолаўшылар ҳәм автомобиль басқарыўшыларының бир неше жыллық мүшкилин жеңиллетти. Жоллар тегис, мәнзиллер айдынласпақта.
