Усы жылдың 5-7 ноябрь күнлери Туркия мәмлекети Истанбул қаласында өткерилип атырған 11 Жәхән чемпионатында Бозатаў районы Балалар өспиримлер спорт мектебиниң Карате секциясы спортшылары Қалмуханова Айнура 4 жөнелис бойынша қатнасып 1 гүмис , 2 бронза медалын қолға киргизди.Ал, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лаўреаты Гулсәнем Оразбаева 4 жөнелис бойынша жеңимпазлық ушын гүресип 1 алтын , 2 бронза медалын қолға киргизди.
Спортшы қызларымыздың , олардың ата-аналарын, устазларын хәм пүткил Бозатаўлыларды дәслепки жетискенлик пенен қутлықлаймыз.
Дуньяның күшли мәмлекетлери хәм олардан келген спортшылар абырайын мүнәсип қорғап, районымыздың табысларына үлес қосып , итибар ҳәм исенимди ақлап атырғаны ушын Сизлерге алғыс айтамыз.
Бозатаў районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.
