Өзбекстанда 7 ай алдын басланған коронавирусқа қарсы емлеў процесслери даўамында мектеп оқытыўшыларын емлеў ушын 1 199 635 доза вакцина қолланилди. Бул ҳаққында Ден саўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети хабар бермектеОлардың :
514 316 дозасы биринши,
398 503 дозасы екинши,
286 816 дозасы үшинши басқышта қолланылған вакциналар болып табылады.
74,6% мектеп оқытыўшылары вирусқа қарсы түрли басқышларда емленип болды. Улыўма билим бериў тараўы ўәкиллери арасында толық емленген пуқаралар үлеси 45,4%ке жетти.
Соның менен бирге, дерлик барлық медицина хызметкерлери коронавирусқа қарсы түрли басқышларда емленген. Өткен ўақыт даўамында 99,5% медицина хызметкерлери вирусқа қарсы түрли басқышларда емленип болды.
Бул халық қатламын емлеў ушын жәми 1 014 409 доза вакцина ислетилип, олардың:
450 352 дозасы биринши,
408 355 дозасы екинши,
155 702 дозасы үшинши басқышта қолланылды.
Медицина тараўы ўәкиллериниң арасында толық емленген пуқаралар 76,8%ке жетти
